Айт сен Әжинияздың қосықларынан - Ибрайым Юсупов қосығы 1971-жыл
Оригинал қосықты: Музыканы жазған - қосықшы мелодист композитор Бахадыр Отежанов Қосықшы - Мақсет Өтемуратов Усы адамларға мың рахмет!!! АЙТ СЕН ӘЖИНИЯЗДЫҢ ҚОСЫҚЛАРЫНАН! Айт сен Әжинияздың қосықларынан! Жыласын яр ышқы баўырын кескенлер. Еңиресин елинен айра түскенлер, Айт сен Әжинияздың қосықларынан! Сазын самал ядлап, сөзин ел билген Бир шайыр дүньяға келди де кетти. Тал артынан туўған айға телмирген, телмирген Бир дилбар түсиме енди де кетти. Тал артынан туўған айға телмирген, телмирген Бир дилбар түсиме енди де кетти. Қосық дәрья-дәрья нур болып ақсын, Ышқысыз жанларға ышқы отын жақсын. Қыз жигитке жилўа-наз бенен бақсын,яр бақсын Айт сен Әжинияздың қосықларынан! Айт сен «Бозатаўды» намаға салып, Елжиремегенниң баўыры тас болсын. Айт сен «Бозатаўды» намаға салып, Елжиремегенниң баўыры тас болсын. Қарақалпақтың гөне дәрти қозғалып, қозғалып Шадлы дәўранына бүгин мәс болсын. Қарақалпақтың гөне дәрти қозғалып, қозғалып Шадлы дәўранына бүгин мәс болсын. Шайыр гезген шөлде бостанлар байып, Зарлы заман болды көзлерден ғайып, Бир илҳам перисин көрдим әжайып, әжайып Айт сен Әжинияздың қосықларынан! Мен оны тыңласам, қалмай тақатым, Кеўлимде бир ғошшақ бүлбил сайраған. Мен оны тыңласам, туўған елатым Жер жәннети болып көринер маған. Жулдызларды жерге үңилтпек болсаң. Жаман шайырларды түңилтпек болсаң, Егер мен өлгенде тирилтпек болсаң,сен болсаң Айт сен Әжинияздың қосықларынан! Егер мен өлгенде тирилтпек болсаң,сен болсаң Айт сен Әжинияздың қосықларынан! Айт сен Әжинияздың қосықларынан! 1971-ж, февраль.
Название:
Айт сен Әжинияздың қосықларынан - Ибрайым Юсупов қосығы 1971-жыл
Категория:
Разное