ТашГУ - Ибрайым Юсупов қосығы_Ibrayim Yusupov qosığı - TashGU_Qqbyai

12+
12+

1 просмотр

2 дня назад

ПожаловатьсяНарушение авторских прав
12+
12+

1 просмотр

2 дня назад

ПожаловатьсяНарушение авторских прав
12+
12+

1 просмотр

2 дня назад

Қосықты жазған - Ибрайым Юсупов Оригинал қосықты атқарған: Байрам Матчанов руухлары шад болсын Музыкасын жазған : Қ. Турдиқулов Жайлары жаннетде болсын! МЕНИҢ ЖИГИТ ЎАҚТЫМ, СЕНИҢ ҚЫЗ ЎАҚТЫҢ... Б. — ға. ТАШГУ десем, дәрҳал түседи еске, Мениң жигит ўақтым, сениң қыз ўақтың... Туўра самолёттен түстим де кеште, Жатақ жайыңыздың есигин қақтым. Нөкисте екениңде сен мени күнде, Ҳәтте саат сайын сағынар едиң. Бул сапары көрип мени Ташкентте, Салқын мыйық тартып «сенбисең» дедиң. Гүлшанда ашылған бир таза гүлдей, Шырайыңа шырай қосқан екенсең. Қуўанышымды-қәйтип айтарды билмей, Жутынып, телмирип қарай бердим мен... Кеттик қолтықласып көшени бойлап... Үнсиз киятырмыз. Еснеп коясаң. «Жаным, айтшы, киятырсаң не ойлап? Ертең ушырасамыз, қай жерде, қашан?» «Ертең қолым тиймес... Экзаменим бар...» Дедиң ойнап жуўан бурымың менен. Наўайы театры ҳалық пенен қайнар, Сен кириўден жайнап кетти ол әбден. Зер көйлек қоз шашып жанар үстиңде. Сен айттың: «әпиў ет, мазам жоқ...» дедиң, Ҳәм мәрмер текшеден сырғып түстиң де, Кеттиң… Мен сен ушын бийгәна едим. Сонғы «Казбегимди» тутатып алып, Узақ тентиредим Әнҳар бойына. Мәжнүнтал шақасын суўларға малып, Сениң шашларыңды салар ойыма... ТАШГУ десем мудам түседи еске, Мениң жигит ўақтым, сениң қыз ўақтың... Саған енди кайтып мәлел бермеске, Бел байлап, жанымды отларға жақтым. «Кел» деп шақырады ашық айналар, Бағлар «кел жигитим, қайғырма» десер. Жүрегимди тырнап жылар «Тәнаўбар», Жапырақларды тинтип самаллар есер. Мен ҳәр барған сайын енди Ташкентке, Саған көринбеўге тырысар едим. Бир күни тосаттан мени көрдиң де, «Ырас-ақ сенбисең, сенбисең» дедиң. Әйне сәҳәр ўақта ашылған гүлдей, Кыз болып пәтиңе минген екенсең. Ҳинд қолына түскен асыранды пилдей, Үнсиз жетегиңе ере бердим мен. Таўыстай таранған өзбек кызлары, Дослық иззетлерин көрсетти маған. Ески досларымдай күлисип бәри, Жайды алдыма студентлик дастурхан... ТАШГУ — билим бағы, жаслар дослығы, Қанша кеўиллерге нур берер жақтың! ТАШГУ — мың-мың кыз-жигитлер жаслығы, Мениң жигит ўақтым, сениң қыз ўақтың. 1962 - жыл. Ташкент Ибрайым Юсупов.

Название:

ТашГУ - Ибрайым Юсупов қосығы_Ibrayim Yusupov qosığı - TashGU_Qqbyai

Категория:

Разное